Siyosat Бийдай тәрбиясына бағышланған семинар-кеңес

Бийдай тәрбиясына бағышланған семинар-кеңес

0
Бийдай тәрбиясына бағышланған семинар-кеңес

Райондағы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Пишенлик тахта» фермер хожалығында  2022-жылдың зүрәәти ушын егилген гүзлик бийдай майданларын минерал төгинлер ҳәм биостимуляторлар менен жапырақтан азықландырыў ҳәм де суўғарыў бойынша көргизбели семинар-кеңес өткерилди.

Келеси жылдың зүрәәти ушын 86 фермер хожалықлары тәрепинен  2800 гектар майданға гүзлик бийдай егиў режелестирилип, олар районда шөлкемлестирилген 3 ғәллешилик кластерлери TAXTAKO'PIR ЕХРО KLASSTER» ЖШЖне 15 фермер хожалығы 856 гектар, «TAXTAKO'PIR G'ALLE KLASTER» ЖШЖне 33 фермер хожалығы 1038 гектар, «TAXTA INVEST KLASTER» ЖШЖне 38 фермер хожалығы 906 гектар ғәлле майданлары менен бириктирилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети