Fan va ta'lim Талабанның исенимли ўәкили менен ушырасты

Талабанның исенимли ўәкили менен ушырасты

0
Талабанның исенимли ўәкили менен ушырасты

Бүгин Тахтакөпир районында Өзбекстан Миллий тикланиш демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан А.Қодировтың Қарақалпақстан Республикасы бойынша исенимли ўәкили Тажибай Романовтың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти. Онда талабанның сайлаў алды бағдарламасындағы әҳмийетли тәреплери ҳаққында қатнасыўшыларға толық түсиндирип берилди.

Ушырасыўда жаслар белсендилик көрсетти ҳәм  олардың сайлаў бойынша пикир-усыныслары тыңланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети