Siyosat Таңлаўда жеңимпаз

Таңлаўда жеңимпаз

0
Таңлаўда  жеңимпаз

Кәсиплик аўқамлардың тараўларда атқаратуғын хызмети үлкен. Олар жумыс түри бойынша өз ағзаларының мийнет ҳуқықлары ҳәм басқа да социаллық-экономикалық  ҳуқықларын, нызамлы мәплерин қорғаўшы - пуқаралардың жәмәәтлик бирлеспеси болып табылады.

Жақында кәсиплик аўқам шөлкем хызметкерлериниң республика көлеминде өткерилген "Үлгили басланғыш шөлкем" таңлаўында Тахтакөпир тутыныў товарларын ислеп шығарыў саўда ҳәм хызмет көрсетиў шөлкемлери хызметкерлериниң кәсиплик аўқамы районлық кеңес баслығы Рысгул Мамбетшарипова сыйлы екинши орынды жеңип алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети