Siyosat МҮРӘЖАТ 2021

МҮРӘЖАТ 2021

0
МҮРӘЖАТ 2021

Бүгин Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан кәсип-өнер мектеби имараты алдында 4-сектор баслығы ҳәм район аймағындағы мәкеме, шөлкем ҳәм кархана басшылары тәрепинен көшпели ушырасыў шөлкемлестирилди.
Өткерилген көшпели  ушырасыўда, ишки жолларды оӊлап бериў мәселеси бойынша еки мүрәжат, материаллық жәрдем (балалар напақасы) сорап еки мүрәжат, ҳәм үй-жайын оңлап бериў бойынша бир мүрәжат жәми бес мүрәжат пенен пуқаралар қатнасты.
Мүрәжатлар район аймағындағы мәкеме, шөлкем ҳәм кархана басшылары менен биргеликте 4-сектор ағзалары тәрепинен үйренип шығылды ҳәм сол жердиӊ өзинде келип түскен бес мүрәжат та унамлы шешимин тапты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети