Siyosat 7 гектар жер майданы «Жаслар дәптери»не киргизилген 14 жасқа бөлип берилди

7 гектар жер майданы «Жаслар дәптери»не киргизилген 14 жасқа бөлип берилди

0
7 гектар жер майданы «Жаслар дәптери»не киргизилген 14 жасқа бөлип берилди

Бийдайдан босаған жер майданлары тәкирар егин егиў ҳәм жумыс орынларын нәтийжели шөлкемлестириў ушын жақсы имканият болып табылады. Бул әлбетте топырақ өнимдарлығы минерал төгинлериниң өз ўақтында  берилиўи ҳәм ең тийкарғысы үнемлеўши технологиялардан ақылға уғрас пайдаланыў менен байланыслы болады.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2021-жыл 8-июнь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмаларына тийкарланып, районда бийдайдан босаған жер майданларына қайтадан егин егиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Район ҳәкими, 1-сектор баслығы тәрепинен “Атакөл” АПЖ аймағында жер майданлары ажыратылып берилип атырған жаслар менен сәўбетте болып, олардың режелери менен пикир ҳәм усыныслары тыңланды. Сондай-ақ, жаратып берилип атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, жерден дийдилеген өним алыў бойынша өзлериниң усынысларын билдирди.

Жасларға ажыратылып атырған жерлер салықтан азат етилиўи, сондай-ақ, ажыратылып атырған жер майданлары фермер хожалығы тәрепинен егип бериледи ҳәм барлық  агротехникалық илажлар әмелге асырылады. Жаслардан тек ғана егинди тәрбиялаў ҳәм мол өним алыўға ерисиў талап етиледи.  Илаж даўамында 7 гектар жер майданы «Жаслар дәптери»не киргизилген 14 жасқа бөлип берилди ҳәм жаслардың бәнтлиги тәмийинленетуғын болды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети