Siyosat Фермерлерге нызамшылықтағы кепилликлер, ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары түсиндирилди.

Фермерлерге нызамшылықтағы кепилликлер, ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары түсиндирилди.

0
Фермерлерге нызамшылықтағы кепилликлер, ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары түсиндирилди.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен әмелге асырылыўы режелестирилген «Фермерге мәдет» ҳуқықый акциясы шеңберинде Тахтакөпир районы әдиллик бөлими тәрепинен А.Адилов атындағы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында искерлик жүритип атырған айырым фермер хожалықлары баслықларының қатнасыўында оқыў семинары шөлкемлестирилди.

Өткерилген семинар даўамында район әдиллик бөлиминиң баслығы Н.Калимбетов фермерлерге нызамшылықта белгиленген кепилликлер, жеңилликлер, ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары ҳаққында түсиндирди.

Семинар барысы өз-ара пикир алмасыўлар, сораў жуўаплар менен даўам етип, әдиллик бөлими тәрепинен таярланған көргизбели тарқатпа материаллар фермер хожалықлары баслықларына тапсырылды.
Бундай оқыў семинары район аймағында жайласқан фермер хожалықларының қатнасыўында даўам етеди.
Бул «Фермерге мәдет» ҳуқықый акциясы жыл жуўмағына шекем әмелге асырылыўы белгиленген.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети