Siyosat Босаған бийдай атызларына қайта егинлер егиледи

Босаған бийдай атызларына қайта егинлер егиледи

0
Босаған бийдай атызларына қайта егинлер егиледи


Тахтакөпир районындағы А.Адилов атындағы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Атабой - Мухтор» фермер хожалығында 2021-жылдың зүрәәти ушын егилген ғәлледен босаған майданларға аўыл хожалығы егинлерин егиў, агротехникалық илажларды өткериў, талап етилетуғын материаллық ресурсларды өз ўақтында жеткерип бериў бойынша көргизбели семинар кеңес өткерилди. Семинар кеңеске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары - С.Хожаметов, Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министри – А.Якупов, район ҳәкими, район прокуроры, Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы районлық бөлими, районлық экономиканы раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқарттырыў бөлими, аўыл хожалығы бөлими, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими, жаслар агентлиги районлық бөлими, нефть шақапшалары, МТП ҳәм альтернатив МТП, коммерциялық банк, аўыл хожалығы мәкеме, кәрхана баслықлары ҳәмде бийдай еккен фермер хожалықлары баслықлары қатнасты.


Районда ғәлледен босаған 3450 гектар майданның 2595 гектар майданына тәкирарий егинлерди егип, жәми 19827 тонна аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў режелестирилди.


Соннан 84 гектар майданға баў-бақша егинлери (гешир 75 гектар, шалғам5 гектар, түрпи 4 гектар), 306 гектар майданға собықлы егинлер (мәш), 805 гектар майданға майлы егин (күнгебағар 295 гектар, 510 гектар гүнжи), 590 гектар майданға от-жемлик егинлер ҳәм 810 гектар майданға салы егинлери жайластырылды.

Районда жумыссыз ҳәм дәптерлерге киргизилген 772 пуқараны жумыс пенен бәнт етиў мақсетинде ғәлледен босаған 389 гектар майдан ажыратылып берилди. Соннан "Ҳаяллар дәптери"нен 139 пуқараға, "Жаслар дәптери"нен 300 пуқараға, "Темир дәптер"ден 4 пуқараға, жумыссыз 329 пуқараға жер майданлары ажыратылып берилди.

Усы ажыратылған 389 гектар майданның 12,6 гектар майданына баў-бақша егинлери, 44 гектар майданға күнгебағар, 46 гектар майданға мәш, 122 гектар майданға салы, 88 гектар майданға от-жемлик егинлер ҳәмде 77 гектар майданға гүнжи егинлерин егиў режелестирилди.

Семинар жуўмағында орынланыўы тийис болған мәселелер бойынша жуўапкер басшыларға тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети