Fan va ta'lim Дем алыста және бирге

Дем алыста және бирге

0
Дем алыста және бирге

Районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы Бәркамал әўлад балалар мектеби оқыўшы жаслардың жазғы дем алысын мазмунлы өткериў мақсетинде "Жазды биз бенен өткериң!" ураны менен күндизги саламатластырыў орайы өз жумысын баслады.

Мектепте 3 жетекши, 8 дөгерек басшы, 1 музыка жетекшиси, 1 дене тәрбия жетекшиси жазғы дөгерек жумысларын шөлкемлестириў бойынша 36 саатлық оқыў кусларын питиркерип шықты ҳәм оларға сертификатлар тапсырылды. Солай етип, балалардың жазғы дем алысын мазмунлы өткериўге айрықша кеўил бөлинип атыр.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети