Siyosat СУЎДА ШОМЫЛЫЎДЫҢ ҚАҒЫЙДАЛАРЫН БИЛЕСИЗБЕ?

СУЎДА ШОМЫЛЫЎДЫҢ ҚАҒЫЙДАЛАРЫН БИЛЕСИЗБЕ?

13
СУЎДА ШОМЫЛЫЎДЫҢ ҚАҒЫЙДАЛАРЫН БИЛЕСИЗБЕ?

Шомылыў адамға күш-жигер бағышлайды. Жаз мәўсими келиўден күнниң ыссылығы адамның шомылыўға болған талабын асырады. Сол себепли тек киши жастағылар емес, ал үлкен жастағылар да суўға шомылыўға талпынады. Шомылыў мәселесинде ҳәр дайым сергек болыў арқалы шөгип кетиў менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиң алды алынады. 

Бирақ инсанлар шомылыў қағыйдаларына әмел етпеўи, ол жердиң тереңлигин есапқа алмаўы, жүзиўди билмеўи, жас балаларды қараўсыз қалдырыўы, «ҚАДАҒАН» етилген орынларда шомылыўы нәтийжесинде шөгиў менен байланыслы болған бахытсыз ҳәдийселер  тез-тез ушырасып турады.

Төмендеги жағдайларда шомылыў қәўипли саналады:

-Шаршап турған болсаңыз;
-Денеңиз артықша қызып турған болса;
-Қарныңыз аш болса;
-Шөллеген болсаңыз;
-Жақын арада кеселликтен емленген болсаңыз; 
-Спиртли ишимликлер қабыл еткен болсаңыз.

Ҳүрметли пуқаралар!

Егерде шомылыў ўақтында қол тамырлар тартылып қалса алақаныңызды тез-тез ашып- жумып қолды мушлаў керек. Сондай-ақ, аяқ тамырлары тартылып қалған жағдайда аяғыңыздың тобығынан услап арқа желке тәрепке әсте тартыў керек болады.

Егер шөгип атырған адамды қутқармақшы болсаңыз, шөгип атырған адамның арқа тәрепинен жүзип барып шашынан, қолтығының астынан услап жүзип жоқарыға қаратып өзиңизди услап алыўына жол қоймаған ҳалда шетке қарай жүзиў керек.

Ҳүрметли пуқаралар!  
Шомылыў қағыйдаларына әмел етиң, жас балаларды қараўсыз қалдырмаң, шомылыў қадаған етилген орынларда шомылмаң!

Тахтакөпир районы Айрықша жағдайлар бөлими