Siyosat Мәмлекетлик уйымларға мүрәжат етиў тәртиби

Мәмлекетлик уйымларға мүрәжат етиў тәртиби

4
Мәмлекетлик уйымларға мүрәжат етиў тәртиби

Өзбекстан Республикасы Конституциясы және “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы Нызамында пуқаралардың мүрәжат етиў ҳуқықы инсан ҳуқықы, инсан ҳуқықларының тәмийинлениўи ҳәм нәтийжели қорғалыўында әҳмийетли фактор екенлиги атап өтилген.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде физикалық ҳәм юридикалық шахсларды қабыл етиўди шөлкемлестириў, мүрәжатларды дизимнен өткериў, көрип шығыў ҳәм ис жүргизиўге тийисли барлық ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасының 2017-жыл 11-сентябрь күнги 445-санлы Нызамы талабы бойынша әмелге асырылады.

Бул нызамның мақсети мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге, сондай-ақ, олардың лаўазымлы шахсларына физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары тараўындағы қатнасықларын тәртипке салыўдан ибарат. Мүрәжатларды көрип шығыў барысында бир қанша принциплерге әмел етиледи. Булар:

-нызамшылық;

-мүрәжатларды өз ўақтында ҳәм толық көрип шығыў;

-мүрәжатларға қойылатуғын талаплардың бир-биринен парық етпеўи;

-физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўи;  

-мүрәжатларды көрип шығыўда бюрократизм ҳәм өзбасымшалыққа жол қойылмаўы;

-мүрәжатларды көрип шығыўда мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер хәм олардың лаўазымлы шахсларының искерлигиниң ашық-айдынлығы.

Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары аўызеки, жазба ямаса электрон формада болыўы мүмкин. Арза, усыныс ҳәм шағымлар мүрәжатлардың түрлери есапланады. Мүрәжатлар олардың формасы қандай болыўынан тысқары, бирдей әҳмийетке ийе болады.

Мүрәжат етиўде бир қанша талаплар қойылыўы мүмкин, яғный, биринши нәўбетте шахстың аты, фамилиясы ҳәм әкесиниң аты көрсетилген болыўы, оның жасаў мәнзили көрсетилген болыўы керек.

Юридикалық шахстың мүрәжатында юридикалық шахстың толық аты, оның жайласқан орны (почта мәнзили) ҳаққындағы мағлыўматлар да толық көрсетилген болыўы керек. Мүрәжатларда мүрәжат етиўшилердиң электрон почта мәнзили, уялы байланыс телефонлары, ҳәм факс номерлери көрсетилиўи мүмкин. Мүрәжатлар мәмлекетлик тилде ҳәм басқа тиллерде берилиўи мумкин. Жазба мүрәжат етиўши физикалық шахстың қолы ямаса мүрәжат етиўши юридикалық шахс ўәкилликли шахстың қолы менен тастыйықланған болыўы керек. Физикалық шахстың жазба мүрәжатын мүрәжат етиўшиниң қолы менен тастыйықлаў имканияты болмаған жағдайда, бул мүрәжат оны жазып берген шахстың имзасы менен тастыйықланып, оның фамилиясы (аты, атасының аты) ҳәм қосымша рәўиште жазып қойылыўы керек. Мүрәжат етиўшилердиң ўәкиллери арқалы берилген мүрәжатларға олардың ўәкиллигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша етиледи.

Мүрәжатлар оларда қойылған мәселелерди шешиў өз ўәкиллиги шеңберине киретуғын мәмлекетлик уйымға, шөлкемге ямаса олардың лаўазымлы шахсына туўрыдан-туўры бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға бериледи. Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин қабыл етиў мәмлекетлик уйымның, шөлкемниң басшысы ямаса басқа лаўазымлы шахсы тәрепинен әмелге асырылады. Бул ушын мәмлекетлик уйымларда, шөлкемлерде арнаўлы бөлимшелер шөлкемлестирилиўи мүмкин ҳәм қабыл ушын жуўапкер болған лаўазымлы шахслар белгиленеди. Бөлимшелер тәрепинен мүрәжатлар көрип шығылыўында турақлы бақлаў  ҳәм оның мониторингин алып барады, олардың өз ўақтында ҳәм зәрүр тәризде көрип шығылыўын тәмийинлеў ис-илажлары көриледи.

 

Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыл етиў ҳәм көрип шығыўды нызамға қайшы рәўиште бийкарлаў, оларды көрип шығыў мүддетлерин белгили себеплерсиз бузыў, жазба ямаса электрон формада жуўап жибермеў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине қайшы қарар қабыл етиў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың бузылған ҳуқықлары тиклениўин, мүрәжат пенен байланыслы қабыл етилген қарардың тәмийинленбеўи, физикалық шахслардың жеке өмири ҳаққындағы ямаса юридикалық шахслардың искерлиги ҳаққындағы мағлыўматларды оның разылығысыз жәриялаў, физикалық ҳәм юридикалық шахсты мүрәжат еткенлиги себепли ямаса билдирген пикири ҳәм мүрәжаттағы сын пикирлери ушын турпайы минез-қулықта болыў, сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжаты ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин басқаша тәризде бузыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады.

 

     Ерсултан Адилов

Тахтакөпир районы  прокурорыныӊ аға жәрдемшиси