Siyosat ЗОРЛЫҚСЫЗ ӨМИР-АБАДАН ТУРМЫС ГИРЕЎИ

ЗОРЛЫҚСЫЗ ӨМИР-АБАДАН ТУРМЫС ГИРЕЎИ

0
ЗОРЛЫҚСЫЗ ӨМИР-АБАДАН ТУРМЫС ГИРЕЎИ

Өзбекстан Республикасының 2019-жыл 2-сентябрь күни «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы ЎРҚ-561-санлы Нызамы қабыл етилген еди.

Нызам  өз ишине 35-статьяны  қамтып алады.

Нызамның мақсети ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтың барлық формаларынан қорғаў  тараўындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыўдан ибарат.

Нызамда  жынысый зорлық,  дене зорлық, зорлық, экономикалық зорлық, жумыс орны, руўхый зорлық, басым, басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўши, басым ҳәм зорлықтан қорғаў, басым ҳәм зорлықтың алдын алыў, қорғаў ордери сыяқлы тийкарғы  түсиндирмелер  берилген. 

Атап айтатуғын болсақ, Нызамның 5-статьясында ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан корғаў тараўындағы мәмлекет сиясатының тийкарғы жөнелислери белгиленген  болып:

ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан  корғаў  тараўындағы гендер сиясатын,  мәмлекет дәстүрлерин ҳәм  стратегияларды ислеп  шығыў  ҳәм  әмелге  асырыў;

жәмийетте ҳаял-қызларға қаратылған басым ҳәм зорлыққа қарсы турыўшы  орталықты  жаратыў;

ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин басым ҳәм зорлықтан корғаўды  тәмийинлеў;

жәмийетте  ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый  мәдениятты  жоқарылатыў, нызамлылықты  беккемлеў;

ҳаял-қызларға  қарата басым ҳәм зорлықтың алдын алыў, оларды анықлаў, оларға шек қойыў ушын нәтийжели шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерди  жаратыў;

ҳаял-қызларға қарата басым ҳәм зорлықтың жүз бериўине алып келетуғын  себеплер және шәрт-шәраятларды  сапластырыў  илажларын  көриў;

басым ҳәм зорлықтың алдын алыў мақсетинде мәмлекетлик уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларының  бирге  ислесиўин  тәмийинлеўи  белгиленген.

Соның менен бирге бул Нызамда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының, Ишки ислер уйымларының, Билимлендириўди мәмлекет тәрепинен басқарыў уйымларының ҳәм билимлендириў  шөлкемлериниң, Мәмлекеттен-денсаўлықты сақлаў  системасын  басқарыў уйымларының  ҳәм  ден-саўлықты сақлаў шөлкемлериниң, Өзбекстан ҳаял-қызлар комитетиниң ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан корғаў тараўындағы ўәкилликлери белгиленген.

Нызамның 18-статьясында Өзбекстан ҳаял-қызлар комитети жәрдем көрсетиў, мәсләҳәт бериў механизми ҳәм  ис-илажлары, ҳаял-қызларға қарата басым ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў  ҳаққында хабар алыўды тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасының барлық аймағында күн даўамында  ислейтуғын, бийпул телефон линиясы  тармағы (исеним телефоны) ислеп турыўын  тәмийинлеўи   белгиленген.

Профилактикалық  сәўбетти өткериў, қорғаў ордерин бериў, басым ҳәм зорлықтың жәбирлениўшилерге жәрдем көрсетиў бойынша арнаўлы орайларға жайластырыў, зорлық минез-қулқын  өзгертиў бойынша  дүзетиў дәстүрлеринен өтиў ҳаял-қызларға қарата басым ҳәм зорлықтың алдын алыўға қарата  жеке  тәртиптеги ис-илажлар түрлерине  киреди.

Сондай-ақ, бул Нызамда басым ҳәм зорлықтан  жәбирленген  ҳаял-қызларға қорғаў ордерин бериў ҳәм оның мүддетин узайтыў тәртиплери белгиленген.

Жуўмақластырып айтқанда, пуқаралардың ҳукықый мәдениятын асырыў, мәмлекетимизде қабыл етилип атырған нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлеринен хабардар етип, олардың ҳуқықый саўатлылығын асырып барыў тийқарғы мақсетимиз болып есапланады.

 

Е.АДИЛОВ

Тахтакөпир районы  прокурорыныӊ аға жәрдемшиси