Fan va ta'lim Kласс саатларында Наўрыз байрамы

Kласс саатларында Наўрыз байрамы

4
Kласс  саатларында  Наўрыз  байрамы

Улыстың уллы күни болған наўрыз байрамы  кишкенелердиң де нәзеринен шетте қалған жоқ. Олар да байрамға өзгеше таярлықлар менен белсене қатнасты. 
Байрам қарсаңында 19-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң баслаўыш классларында байрамға арналып класс саатлары өткерилди. Онда оқыўшылар халқымыздың үрп-әдетлери, салт-дәстүрлери, миллий тағамлары ҳәм ойынлары ҳаққында жақсы түсиникке ийе болды.
Оқыўшылар тәрепинен Наўрыз байрамына арналған тақмақлар, қосықлар айтылып, ойынлар ойналды.  

Байрамға оқыўшылар миллетке тән болған миллий кийимлер кийип, байрамның өзгеше көринисте өтиўине өз үлеслерин қосты.

Рысгүл АЙТЕКОВА
19-санлы мектеп директорының руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары