Siyosat ХАЛЫҚТЫҢ АНАСЫ

ХАЛЫҚТЫҢ АНАСЫ

0
ХАЛЫҚТЫҢ АНАСЫ

Бийбихан апа қутлы 123 жасын қарсы алып атыр. Балалығы да, жаслығы да қыйын-қыстаў жылларға туўра келген, өзиниң зәңгилес, қатарларынан ҳеш бир адам қалмаған инсан. Бүгинги бахытлы тыныш дәўирдиң тақанынан ақлық, шаўлықлары менен бирге татысып,  қутлы байрамға жетип атыр. Район ҳәкимлиги Бийбихан ападан хабар алып турады, анахан ушын арнаўлы жай салып берилди.
Өткен ҳәптеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Тилеўбаевич Орынбаевтың жазыўшы, шайырлар, журналистлер менен болған ушырасыўында аўылымызда теберик инсанның бар екенин, оны пүткил елимиз таныўы ушын (экологиялық апатшылық орайында жасап, бундай теберик жасқа келген) анаханды еле де қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин усыныс еткен едим.
Республикамыз басшысы ҳәр биримиздиң пикир-усынысларымызды үлкен итибар менен тыңлады ҳәм әлбетте инабатқа алынатуғынын атап өтти. 
Байрам алды Бийбихан Әкимниязованың шаңарағынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен хабар алынды. Теберик ананың қушағы гүллер менен саўғаларға толды. Халқымыздан, ел басшыларынан кеўли толатуғынын билдирди.
Ҳәр биримизге де усындай теберик узақ жас несип ете берсин!
 

Гүлнара Дәўлетмуратова