Siyosat Енди ески үлгидеги «права»ны онлайн алмастырыў мүмкин

Енди ески үлгидеги «права»ны онлайн алмастырыў мүмкин

0
Енди ески үлгидеги «права»ны  онлайн алмастырыў мүмкин

Усы жылдың 30-январынан баслап ески үлгидеги айдаўшылық гүўалығын үйден турып Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы алыў имканияты жаратылды.
Буныӊ ушын:
-Арза бериўши Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан (my.gov.uz) дизимнен ямаса авторизациядан өтеди ҳәм арза жибереди;
-арзаны қәлиплестириў процессинде пайдаланыўшының ID карта ямаса биометрикалық паспортындағы сүўреттен пайдаланыўға келисим билдиреди, сүўреттен пайдаланыўды бийкарлаған жағдайда жаңа сүўретке түсиў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң аймақлық дизимнен өткериў ҳәм имтихан алыў бөлимлерине барады;
-компьютер ямаса мобиль телефон жәрдеминде қол қойылады;
-төлемлер әмелге асырылады (БЕМның 70 проценти-яғный 210 000 сум) ҳәм қосымша төлем (25 000 сум) есабынан почта хызмети арқалы еки жумыс күнинде айдаўшылық гүўалығы арза берген адамның мәнзилине жеткерип бериледи ҳәм ески үлгидеги айдаўшылық гүўалығын ҳәм талонын алып кетеди.
Егер пуқара гүўалықты өзи барып алыўды қәлесе, арзада белгиленген Мәмлекетлик хызметлер орайына барады.
Почта хызмети тәрепинен еки жумыс  күнинде мәнзил бойынша жеткериледи ҳәм сизден ески үлгидеги айдаўшылық гүўалығыңызды ҳәм талонды алып, жаңасын аласыз.

Марат АЛЛАМБЕРГЕНОВ 
Районлық әдиллик бөлими мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы