Siyosat 19-сентябрь-дүньяжүзилик тазалық күнинде

19-сентябрь-дүньяжүзилик тазалық күнинде

2
19-сентябрь-дүньяжүзилик тазалық күнинде

Бул адамзат өзи жасап турған орталықта тазалықты орнатыў идеясын пайда етеди. Дәслеп идея 2008-жылы Эстонияда пайда болып, 50 000 кеўиллилер мәмлекетиниң тазалығы ушын бирлескен. Бүгинги күнге келип усы басламаны 180нен артық мәмлекет қоллап-қуўатлап, дүнья бойлап үлкен күшке айналды. Бизиң Өзбекстанымызда болса өткен жылдан бул басламаны қоллап атыр. Демек, бүгин бәршемиз туўылған үлкемиздиң әтирап-аймағының тазалығы ушын кеўил бөлетуғын күнимиз

Районымызда усы күн мүнәсибети менен Өзбекстан Экологиялық партиясы районлық Кеңеси, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў инспекциясының шөлкемлестириўинде акция шөлкемлестирилди. Акция тийкарында район аймағы менен Қараой аўыл пуқаралар жыйыны аймағы шығындылардан тазаланды. 
Тазалық, азадалық иси бир күнлик яки мапазлық жумыс емес. Сондай-ақ, ол тек ғана тийисли партия яки экологлардың жумысы емес. Ол ҳәр күни ҳәр биримиз әмел ететуғын талап. Сонлықтан да тазалыққа ҳәр қашан кеўил аўдарыў бәршемиздиң исимиз. Дүнья жүзилик тазалық күни болса бизге усыны уқтырады ҳәм ғалаба абаданластырыўға шақырады.