Fan va ta'lim Қәнигелестирилген мектеп өз жумысын баслады

Қәнигелестирилген мектеп өз жумысын баслады

2
Қәнигелестирилген  мектеп өз жумысын  баслады

Ҳәзирги ўакытта Президентимиз билим-лендириў системасына үлкен дыққат қаратып атырғанлығы ҳеш кимге сыр емес. Соның айқын мысалы ретинде республикамыздың ең арқа зонасында жайласқан бизиң районымызда Президент билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы Тахтакөпир районы қәнигелестирилген мектебиниң ашылыўын атап өтсем болады. Бул районымыздың халқы ушын  Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамына үлкен саўға  болды.
Қәнигелестирилген мектеп ҳаққында айтып өтетуғын болсам, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 14-апрельдеги ПФ-106-санлы  «Президент билимлендириў мәке-мелери агентлиги системасында қәнигелестирилген мектеплер тармағын кеңейттириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық,  Президент билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы Тахтакөпир районы қәнигелестирилген мектеби болып ашылды. Тийкарғы орны 400 оқыўшыға арналған болып,  ҳәзирги ўакытта 215 оқыўшы анық пәнлер бағдары бойынша  қабыл етилди. Мектепке район мектеплеринен ең белсендилери сараланып алынды. Ҳәттеки бул  оқыўшыларға билим беретуғын оқытыўшыларымыз да еки бағдарда сынақтан өткерилип, сараланып қабыл етилди. Жаңа оқыў жылын баслап жибердик.
Оқыў орнының ашылыўындағы мақсет: жәҳән стандартына сәйкес дәрежеде билимге ийе жасларды тәрбиялап шығарыўдан ибарат. Бул мақсетке ерисиўде мийнет етиўди елимиз бизге исенип тапсырған екен, мәмлекетимиздиң исенимин ақлаў ушын бар күшимизди салып, жасларға билим бериўде аянбай мийнет етемиз.

Шийрин БЕРДИЕВА 
Қәнигелестирилген мектеп директоры