Fan va ta'lim ИСБИЛЕРМЕНЛИК - ДӘЎИР ТАЛАБЫ

ИСБИЛЕРМЕНЛИК - ДӘЎИР ТАЛАБЫ

0
ИСБИЛЕРМЕНЛИК - ДӘЎИР ТАЛАБЫ

Мəмлекетимизде экономикамыздың негизги көрсеткишлеринен болған киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти раўажландырыў, пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олар ушын шәраятлар жаратыў, микрофирма ҳəм киши кәрханаларда бəнтлиги тəмийинленбеген жасларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша районымызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Усы жылдың 1-июль жағдайына районымыз аймағында 897 хожалық жүргизиўши субъектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субъектлери 390 ды қурайды. Дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен ҳәрекет етип турғаны 364 субъект болып, соннан 77 субъект жыл басынан жаңадан ашылып, бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып, хызметлерин халқымызға усынбақта. Жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған жеңилликлер, статистика бөлимине тапсырылатуғын мəмлекетлик статистикалық есабатлар ҳəм олардың мүддетлери ҳаққында түсиник жумыслары алып барылмақта.
Районымызда дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен санаат кәрханалары саны 97, қурылыс кəрханалары саны 28, саўда кəрханалары саны 89 ҳəм 176 аўыл хожалығы ҳ.т.б. кəрханалардан ибарат.
Усы жылдың 1-июль жағдайына район аймағында ҳəрекет етип турған санаат кəрханалары тəрепинен 176,9 млрд. сумлық санаат өнимлери, сыртқы саўда айланбасы 1,3 млн. АҚШ доллар, усақлап сатыў товар айланбасы 99,9 млрд.сум, жəми хызметлер тараўы 74,0 млрд.сум болып, 116,5 процентти қурады. Өсим пəти тəмийинленди.
Районда ҳәзирги күнде 17 АПЖ ҳәм МПЖ болып, оларда 1-июль жағдайына 40,7 мың адам жасап келмекте.
Соны да айтып өтиўимиз керек, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳəм оны өткериў ҳаққында»ғы 710-санлы қарарында белгилеп берилген тапсырмаларды орынлаў мақсетинде бөлим хызметкерлери район аймағында жайласқан мекеме, кəрхана, өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳəм билимлендириў мекемелеринде ушырасыў, семинарлар өткерип бармақта. Бөлим хызметкерлери мəҳәлле ҳəм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими хызметкерлери менен биргеликте, ҳəр бир мәкан ҳəм аўыл пуқаралар жыйынларына орынларға шыққан ҳалда көше атамалары, жай номерлериниң тийисли тəртипте қыстырылыўы ҳəм аймақтың карталары бойынша үйрениў жумысларын алып бармақта.

 

М.Әўезов
                                    Районлық статистика бөлиминиң
                                    жетекши қәнийгеси