Siyosat «Əҳмийетли он күнлиги» шеңберинде

«Əҳмийетли он күнлиги» шеңберинде

0
«Əҳмийетли он күнлиги» шеңберинде

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты   М.Гаиповтың депутатлар искерлигиниң «Əҳмийетли он күнлиги» шеңберинде «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйынындағы сайлаўшылары менен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда Президентимиздиң «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясы ҳаққында»ғы Пəрманының мазмун-мəниси ҳəм де усы жылдың 23-24-февраль күнлери Президент Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына болған хызмет сапарында белгилеп берилген ўазыйпалардың халқымыз турмысындағы  əҳмийети бойынша өз сайлаўшыларына кеңнен түсиник берип өтилди. Соның менен бирге сол аймақтағы халықтың мүрəжатлары тыңланды ҳам шешими бойынша тийисли тараўларға депутатлық сораўлар жиберилип ҳəр бир мүрəжат қадағалаўға алынатуғынлығын атап өтти.


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети