Siyosat Жерден пайдаланыў тәртиби түсиндирилди

Жерден пайдаланыў тәртиби түсиндирилди

0
Жерден пайдаланыў тәртиби түсиндирилди

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды баслығы Д.Сражатдинов тәрепинен районлық аўыл хожалығы бөлими, Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси ўəкиллериниң қатнасыўында райондағы «Ағытай Адилов» ҳəм «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймақларынан дийхан хожалығын жүритиў ушын жер майданларын ашық аукцион арқалы ижараға алған пуқаралар менен ушырасыў өткерилип, оларға жерден пайдаланыў тәртиби бойынша кең түрде түсиниклер берилди ҳәм де ижараға берилген жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў бойынша методикалық қолланбалар тарқатылып берилди.