Fan va ta'lim «МИРЗО УЛУҒБEК ВОРИСЛАРИ» таңлаўынын районлық басқышы өткерилди

«МИРЗО УЛУҒБEК ВОРИСЛАРИ» таңлаўынын районлық басқышы өткерилди

0
«МИРЗО УЛУҒБEК ВОРИСЛАРИ»  таңлаўынын районлық басқышы өткерилди

Бүгин 3-санлы шет тили пəнине қəнигелестирилген мəмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебинде 16 жастан 25 жас аралығындағы жаслар арасында «МИРЗО УЛУҒБEК ВОРИСЛАРИ» республика таңлаўының районлық басқышы болып өтти. 
Таңлаў қатнасыўшылары өзлериниң дөреткен  жаңа идеяларын презентация көринисинде ислеп шығып таныстырды. Таңлаў жуўмағында ең нəтийжели деп табылған төрт жастың идеялары мақулланып, кейинги басқышқа жоллама алды.   

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.