Sport Әскерий спорт жарысы өткерилди

Әскерий спорт жарысы өткерилди

16
Әскерий спорт жарысы өткерилди

Тахтакөпир районындағы Балалар өспиримлер спорт клубына қараслы “Дəўқара” футбол стадионында  әскерий спорт жарысының район бириншилиги  болып өтти. 
Жарысқа район ҳəкиминиң орынбасары, районлық Қорғаныў ислери бөлими баслығы, Халық билимлендириў бөлими методистлери, Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши ватанпарвар шөлкеми ҳәм мектеплердиң жоқары класс оқыўшылары қатнасты. 
Жарысты өткериўдеги мақсет, оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, дәслепки әскерий ҳәм психологиялық таярлыққа ийе ўатансүйгиш, қыйын ҳәм экстремал жағдайларда туўры ҳәрекетлениў көнликпелерин үйретиўден ибарат.
 Жарыс соңында женимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом менен сыйлықланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.