Fan va ta'lim ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎ-КЕЛЕШЕККЕ ЖАҢА ҚӘДЕМ

ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎ-КЕЛЕШЕККЕ ЖАҢА ҚӘДЕМ

0
ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎ-КЕЛЕШЕККЕ ЖАҢА ҚӘДЕМ

Республикамызда демографиялық процесслердиң жағдайын үйрениўде мәмлекет аймағында ѳткерилетуғын халық дизими мағлыўматлары үлкен әҳмийетке ийе болады. Өзбекстан аймағында дәслепки халықты дизимге алыў 1897-жылы өткерилген болып, бул дизимге алынған мағлыўматлар XIX әсир ақырында Өзбекстанда бар болған шаңарақлар саны, халық саны, жасы ҳәм жынысы, этникалық дүзилиси, туўылыў, қайтыс болыў усаған демографиялық процесслерди көз алдымызға келтириўге жәрдем берген. Өзбекстан аймағында кейин ала 1926, 1939, 1959, 1970, 1979- ҳәм ең соңғы мәрте 1989-жылы халықты дизимге алыў жумыслары шөлкемлестирилген.

1989-жылы Өзбекстан Республикасының халқы 19 млн. 810 мың адамды қураған болып, соннан Қарақалпақстан Республикасы халқы 1 млн. 212 мыңды қураған. 
Ҳәзирги 2022-жыл 1-январь жағдайына дәслепки мағлыўматлар бойынша Өзбекстан Республикасы ҳалқы 35 млн. 271 мың адамды, соннан Қарақалпақстан Республикасы халқы 1млн. 948 мың адамды, ал Тахтакөпир районында болса 40 мың 604  адамды  қурайды.
Халықты дизимге алыў илажы, бул кең қамыраўлы узақ мүддет талап ететуғын илаж есапланып, халық ҳаққында демографиялық, социал-экономикалық мағлыўматларды өз ишине алады. 
Яғный,  бир сөз бенен айтқанда, халықты дизимге алыў -бул мәмлекет  халқының белгили бир ўақыттағы «фотосүўрет»ин алыў имканиятын бериўши улыўма мәмлекет дәрежесиндеги кең көлемли илаж болып, халық ҳаққындағы исенимли хабар дереги есапланады.

Қурбанбай Ембергенов
Районлық статистика бөлиминиң баслығы