Fan va ta'lim Жаслар жетекшилерине планшетлер тапсырылды.

Жаслар жетекшилерине планшетлер тапсырылды.

0
Жаслар жетекшилерине планшетлер тапсырылды.

Мəҳəллелерге бекитилген жаслар жетекшилериниң ең баслы ўазыйпаларының бири бул, өзлери бекитилген аймақтағы жаслар бойынша “Жаслар балансы”н қəлиплестириў ҳəм олар ҳаққындағы мағлыўматларды “Жаслар дəптери”, “Жаслар порталы” электрон платформаларына жайластырыў болып есапланады. Бүгин 17-февраль күни район ҳəкимлиги тəрепинен жаслар жетекшилериниң лаўазым ўазыйпалары бойынша жумыс алып барыўлары ушын қолайлық ҳəм имканиятлар жаратыў мақсетинде район аймағындағы 17 аўыл ҳəм мəкан пуқаралар жыйынлары жаслар жетекшилерине хызмет бабында пайдалыныўы ушын планшетлер тапсырылды. 


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети