Siyosat Жол бойында абаданластырыў жумыслары

Жол бойында абаданластырыў жумыслары

0
Жол бойында абаданластырыў жумыслары

 

Ноябрь айының жигирма күни де артта қалды. Енди санаўлы күнлерден соң ҳақыйқый қыс мәўсими басланады. Әтирап аймақты абаданластырыў, терек нәллерин отырғызыў ушын ҳәзирги ҳаўа райы қолайлы болып тур. Районымызда #Жасыл_мәкан улыўмамиллий жойбарына халқымыз, соның ишинде ҳүкиметлик мәкемелер тең аяқ қосып атыр. Бүгин кешки абаданластырыў ҳәм декоратив терек нәллерин егиў, жап-салмаларды тазалаў жумыслары "Өзбекстан" мәкан пуқаралар жыйыны аймағына тийисли гүзар жол бойларында алып барылды.
Көгалландырыў жумысына район ҳәкими Ж.Адилов қатнасты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети