Fan va ta'lim Шет тили оқытыўшылары ушын семинар өткерилди

Шет тили оқытыўшылары ушын семинар өткерилди

0
Шет тили оқытыўшылары ушын семинар өткерилди

 

Ел басшымыз тәрепинен жасларымызды шет тиллерин терең үйрениўге бағдарлаў бойынша айрықша кеўил бөлинип атыр. Райондағы 3-санлы шет тилине қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебинде шет тили пәни оқытыўшылары ушын семинар өткерилди.
Семинарды өткериўдеги мақсет-оқытыўшылардың инглис тилин билиў дәрежесин анықлаўдағы халықаралық дәрежедеги тест сынақлары бойынша түсиник бериўден ибарат.
Семинарға Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тили пәни муғаллимлери қатнасып, оқытыўшыларға тестлердиң мақсет-ўазыйпалары, талаплары, оған таярлық көриў, жол-жобасы ҳаққында түсиниклер берди.
Оқытыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети