Fan va ta'lim Үшинши басқышқа жоллама

Үшинши басқышқа жоллама

0
Үшинши басқышқа жоллама

 

Алдын хабар бергенимиздей, мектептиң жоқарғы класс оқыўшылары арасында бир ҳәпте даўамында алып барылған пәнлер олимпиадасының районлық екинши басқышы жуўмақланды. Олимпиада жуўмағында 117 оқыўшы жеңимпаз деп табылды. Олар районлық Халық билимлендириў бөлими тәрепинен хошаметленди ҳәм келеси республикалық дәрежеде өткерилетуғын үшинши басқышқа жолламалар алды. Оқыўшы жасларымыздың келеси сынақтан да сүринбей, үлкен нәтийжелерге ерисиўине тилеклеспиз. Оқыўшының жеңиси - устаздың мийнетиниң жемиси екенин мойынлайтуғын ўақыт жетти.
Әўмет сизлерге, олимпиада қатнасыўшылары!

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети