Sport "Ҳәким кубоги"не жарыс өткерилди

"Ҳәким кубоги"не жарыс өткерилди

0
"Ҳәким кубоги"не жарыс өткерилди

Еки күн даўамында Тахтакөпир районында мәҳәллелер арасында “Спортты сүй, спорт пенен жаса!” сүрени менен “Ҳәким кубоги”не  спорттың волейбол түринен жарыс шөлкемлестирилди. Район мәҳәллелери кесиминде болып өткен спорт жарысына жәми 22 командадан 176 жаслар қатнасты. 

Жарыс жуўмағында "Айдынжол" мәкан пуқаралар жыйыны 1-орынды, "Дәўқара" аўыл пуқаралар жыйыны командасы 2-орынды, 3-орынды Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйыны жәмәәти ийеледи. Жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған саўға ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети