Sport Спортта жеңимпаз

Спортта жеңимпаз

0
Спортта жеңимпаз

Хабарыңыз бар, елимиз бойлап "Спортты сүй, спорт пенен жаса!" ураны менен спорт илажлары даўам етип атыр. Бадминтон спорт жарыслары кеше Нөкис қаласындағы 2-санлы кәсип-өнер мектебиниң спорт залында өткерилип, районымыздың спорт сүйер азаматлары қатнасып қайтты ҳәм 17 жасқа дейинги ер балалар арасында 6-санлы орта мектептиң оқыўшысы Жеткер Абибуллаев 3-орынды, 18-30 жаслылар арасында "Ғәрезсизлик" мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Атабек Сейтов 3-орынды, 31 жастан жоқары болғанлар арасында және 6-санлы орта мектептиң оқытыўшысы Бердақ Бердияров сыйлы 1-орынды ийелеўге еристи. Бердақ июль айында Өзбекстан Республикасында өткерилетуғын финал басқышына жоллама алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети