Siyosat Тахтакөпир районында медиа-тур өткерилди

Тахтакөпир районында медиа-тур өткерилди

0
Тахтакөпир районында медиа-тур өткерилди

Тахтакөпир районында ғалаба хабар ўәкиллериниң  (телевидение, радио, газета-журнал, интернет журналистлери ҳәм блогерлер) қатнасыўында медиа-тур өткерилди. Медиа-тур қатнасыўшылары райондағы тоғай хожалығының ыссыхана, нәл өндириў майданындағы жаңалықлар, "Агрокомплекс Қарақалпақстан" ЖШЖ шарўашылық жәмәәтиндеги нәсилли маллардың күтими, "Зулейҳа асаларичи" ислеп шығарыў кооперативинде жаслардың жумыс пенен тәмийинлениўи, 15-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, "Good salt product" ЖШЖде район аймағынан алынған дуз өнимлерин қайта таярлаў жумыслары (5 мәрте жуўыў арқалы 4 түрли ас дузын таярлаў) менен танысып шықты ҳәм усылар тийкарында район ҳәкимлигинде пресс конференция өткерилди.

Түсликтен соң "Абат аўыл" бағдарламасына енгизилген "Белтаў" аўылындағы өзгерислерди көзден өткерди. Соңғы жуўмақлаўшы сапарда "Бөршитаў" ҳәм "Қаратерең" көлине саяхат етти ҳәм олардың тарийхый атамалары менен  танысты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети