Sport КОМАНДАЛЫҚ ЕСАПТА ЕКИНШИ

КОМАНДАЛЫҚ ЕСАПТА ЕКИНШИ

7
КОМАНДАЛЫҚ ЕСАПТА ЕКИНШИ

«Бес баслама-бес имканият» тийкарында өткерилип атырған илажларда барлық тараў хызметкерлери арасында жарыслар шөлкемлестирилип келинбекте.

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасының Кегейли, Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районы отрядлары хызметкерлери арасында хызметкерлерди бириктирген ҳалда спорттың волейбол, киши футбол, жуўырыў, турникке тартылыў түри бойынша күш сынасты.

Жарыс жуўмағында Тахтакөпир районы командасы ағзалары турникке тартылыў бойынша 3-орын, үш мың метрге жуўырыў, киши футбол ҳәм волейбол түринен екинши орынды, жүз метр аралыққа жуўырыўдан биринши орынды ийелеп, улыўма командалық есапта 2-орынды ийеледи.

М.БАЛТАБАЕВ

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы 9-айрықша отряд командири,  майор