Sport СПОРТ МАЙДАНШАСЫ АШЫЛДЫ

СПОРТ МАЙДАНШАСЫ АШЫЛДЫ

0
СПОРТ МАЙДАНШАСЫ АШЫЛДЫ

Бизиң ертеңги келешегимиз болған жасларымыз ушын елимизде барлық мүмкиншиликлер жаратылып атыр. Республикамыздың шетки районларының бири, қоңсылас Қазақстан Республикасының Қызылорда областы менен шегараласқан районымыз жаслары да бундай мүмкиншиликлерден бийнесип қалып атырған жоқ. Бир ўақытлары аналар ушын спорт гимнастикасында қызларын көриў әрман болған болса, бүгинги күнде райондағы айырым қызалақлар Өзбекстан көлеминде чемпионатларда 1-2-орынларды алыўға еристи.

Ер азаматлар ушын қаплама шөп үстинде (газонда) футбол ойнаў да әрман болғаны сыр емес. Республикалық жарысларда тәжирийбеси болмаған жаслардың футбол жарысларында «ақсап» қалған жерлери көп болды.

Мине, бүгин исбилермен жигит Рамазан Бегдуллаев район жасларына усындай мүмкиншиликти жаратыўға еристи. 21 жасар жас жигит әскерликтен келип жоқары оқыў орнына кириўге әўмети жүрмеген, соң ўақытты босқа өткермеўди мақул тапты ҳәм «Жаслар-келешегимиз» бағдарында жеңиллетилген кредит алып, жумыс баслады. Алты айлық мийнет бүгин өзиниң жемисин берип баслады. Ашылыў салтанаты өткерилип, жигитлер командаларға бөлинип, футбол ойынларын баслап жиберди.

Ҳүрлиман АСЕНОВА