Sport ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР СПАРТАКИАДАСЫ

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР СПАРТАКИАДАСЫ

0
ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР СПАРТАКИАДАСЫ

«Саламат ана-саламат перзент» ураны менен Нөкис қаласында өткерилген  ҳаяллар спорт фестивалы спорт пенен шуғылланыўшы ҳаял-қызларымыз ушын өз шеберликлерин сынға салыўға мүмкиншилик жаратып берди.

Спорттың волейбол, жеңил атлетика, стол тенниси, шахмат, дартс, гимнастрада түрлеринен өткерилген бул фестивалға республикамыздың районларынан дүзилген 16 команда қатнасты. Бул жарысқа бизиң районымыздың сайланды командасында 24 ҳаял-қыз қатнасты.

Жарыс жуўмағында спорттың гимнастрада түри бойынша қызларымыз 1-орынды, жеңил атлетикадан 400 метр аралыққа жуўырыў бойынша Гүлсара Оңдасынова 1-орынды, стол теннисинен Айман Жексенбаева 1-орынды жеңип алып, районымыз командасы улыўма командалық есапта 2-орын жеңимпазы болды. 

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА