Sport ҲӘПТЕЛИК ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ

ҲӘПТЕЛИК ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ

0
ҲӘПТЕЛИК ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ

Елимизде спортқа болған итибар күн санап күшейип атыр. Дерлик ҳәр күни өткерилип атырған спорт шынығыўларынан баслап, спорттың ҳәр бир түринен жарыслардың тез-тезден болып турыўы-жасларымыздың спортқа болған қызығыўшылығын арттырмақта. Баспа сөз ҳәм телекөрсетиўлер арқалы бурын болмаған жаңалықлардың көрип гүўасы болып атырмыз. өарақалпақстанлы жаслардың жәҳән ареналарында жоқары шеклерди ийелеп келиўи күн санап  көбейип ҳәм көзлеримизди қуўантып атырғаны сыр емес.

Өзимиздиң районымыз мысалында спортқа деген итибардың ҳәр күни гүўасы болмақтамыз. «Билимлендириў мекемелери ҳәптелиги» барысында спорттың жеңил атлетика түри бойынша жарыс болып өтти. Мектеп оқыўшылары арасында өткерилген жарыс жуўмағында 100 метр аралыққа жуўырыўда ер балалар арасында 17-санлы мектеп оқыўшысы Қанат Алдонғаров, қызлар арасында   2-санлы мектептен Наргиза Турдыниязова, 400 метр аралыққа жуўырыўда 3-санлы мектеп оқыўшысы Азиза Бегдуллаева, 800 метр аралыққа жуўырыўда ер балалар арасында 6-санлы мектеп оқыўшысы Атабек Сейтов, қызлар арасында 1-санлы мектептен  Дүрдана Тилеўмуратовалар биринши орынларды жеңип алды. Сондай-ақ, ең алыс аралыққа, яғный 1500 метр қашықлыққа жуўырыўда  16-санлы мектеп оқыўшысы Самандар Керимов биринши,  1-санлы мектептен  Мухаммедсалий Рамбергенов екинши ҳәм 3-санлы мектептен Ислам Илалов үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Жарыс жеңимпазлары «Ёшлик» дене тәрбиясы ҳәм спорт жәмийетиниң арнаўлы дипломлары менен сыйлықланды.

 

 Ҳүрлиман АСЕНОВА