Байрам саўғасы сыпатында шаңарақларға тарқатылады.
1076
0
Өзбекстан Республикасы Президентиниң елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша қабыл етилген қарары тийкарында "Темир дәптер", "Ҳаяллар дәптери", "Жаслар дәптери"нде турыўшы ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларға ун өнимлерин мәнзилли тарқатыў режелестирилген. Усы бағдарда Тахтакөпир районы бойынша усынылған 400 шаңараққа тийисли 20 тонна ун жеткерилди. Өнимлер пуқаралар жыйынлары тәрепинен байрам саўғасы сыпатында шаңарақларға тарқатылады.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети