Урысты көрген соңғы әўлад пенен ушырасыў
1442
0
3-санлы орта билим бериў мектебинде 9-май - "Еслеў ҳәм қәдирлеў күни" мүнәсибети менен "Мәңги мәртлик" атамасында ушырасыў кешесин өткерди. Оған районымыздағы аўған урысы қатнасыўшылары Қ.Сейтназаров ҳәм Б. Карибаевлар қатнасып, оқыўшыларға урыс пайытында өзлериниң басынан өткерген қыйыншылықларын айтып берди. Жасларымызды өз ўатанын көздиң қарашығындай асыраўға, парахат турмыстың қәдирине жетип жасаўға шақырды.
Буннан соң жанлы оркестр астында ушырасыў қатнасыўшылары естелик майданына барып, гүл шеңберлерин қойды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети