Коррупцияға қарсы гүресиў– бәршемиздиӊ ўазыйпамыз
Жәмийетте сондай иллет бар, ол мәлим бир тараўға емес, ал пүткил жәмийеттиӊ раўажланыўына өзиниӊ кери тәсирин тийгизеди. Мәмлекетти иш-ишинен жемиретуғын бул иллет-коррупция ҳәм парахорлық. Әйне усы иллет себепли көп ғана мәмлекетлердиӊ кризиске жүз бурғаны бизге тарийхтан мәлим.
Раўажланыўдыӊ жаӊа басқышына қәдем қойып атырған Өзбекстан ушын коррупцияныӊ ҳәр қандай көринистеги түрлери реформалар барысын төменлестириўи менен қәўипли.
Соӊғы жылларда исленген жумыслар нәтийжелилиги халықтыӊ ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға, жәмийетте коррупцияға бәсекисиз мүнәсибетти қәлиплестириўге қаратылған системалы илажлар алып барылғанлығын атап өтиў орынлы.
Реформаларды әмелге асырыў шеӊберинде пуқаралардыӊ ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, мәмлекет ҳәкимияты ҳәм баскарыў уйымлары искерлигиниӊ ашықлығын, жәмийетшилик ҳәм парламент бақлаўын тәмийинлеў механизмлери жетилистирилди, сондай-ақ, ҳуқық қорғаў ҳәм суд уйымлары искерлигиниӊ ҳуқықый тийкарлары жетилистирилди.
Коррупция сондай иллет болып, оны бир яки еки шөлкемниӊ ҳәрекети менен жоқ етип болмайды. Тийкарында, барлық пуқараларымыз, жәмәәт оған қарсы биргеликте гүресип, оныӊ тамырын жоқ етиўге умтылғанда ғана унамлы нәтийжеге ерисиў мүмкин.
Коррупцияның алдын алыў, оған қарсы гүресиў бүгинги күнде барлық мәмлекетлердиң биргеликте ислесиўин талап етеди. Бул ҳаққында ҳүрметли Президентимиз «Жынаятшылық, коррупция бизиң өз қәўипсизлигимизге де, халықаралық қәўипсизликке де қәўип салатуғын реал себеп есапланады. Бул жағдайларға қарсы гүресиў мәселеси тек ғана бизлерге тийисли емес. Соның ушын биз, жынаятшылық ҳаққында пүткил дүнья жүзи қайғырыўы керек деп есаплаймыз. Суверен Өзбекстан халқы ҳәм басшылығы олар менен биргеликте белсене бирге ислесиўге таяр ҳәм буны дүньяны пәклеў, оның қәўипсизлигин тәмийинлеўге қосылған жәрдем деп биледи», деп атап өткен еди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-майдағы «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының түп мәнисине итибар қарататуғын болсақ, коррупцияға қарсы тек ғана ҳуқық қорғаў уйымлар ҳәм мәмлекетлик шөлкемлеринде, ал жәмийетлик бақлаў институты имканиятынан да кеӊ пайдаланыў зәрүрлиги белгилеп қойылғанлығын көриў мүмкин.
Бириншиден, Пәрманда жәмийетлик бақлаўын алып барыўда әҳмийетли орын тутыўшы Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Нызамшылық палаталары ҳәм сиясий партиялардыӊ ролин және де күшейттириў айрықша белгиленип қойылған.
Сондай-ақ, ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты және де асырыў, жәмийетте коррупцияға қарата бәсекисиз мүнәсибетти күшейттириў, усы тараўдағы нызам бузылыўы жағдайлары бойынша хабар берген шахсларды қорғаўдыӊ шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин жәриялаў атап өтилген.
Пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары искерлигиниӊ еркинлигин тәмийинлеў ҳәм оларды коррупцияға қарсы илажларын таярлаў, орынлаў ҳәм мониторинг ислеўде қатнасыўға қамтып алыў нәзерде тутылған.
Жуўмақлап айтқанда, бул Пәрман жәмийетте әдиллик идеясын кен ен жайдырыў, бәршениӊ нызам алдында теӊлиги, пуқаралардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаўда зәрүр ҳүжжет болып есапланады. Әдиллик үстемлиги болған мәмлекетте болса раўажланыў, халық пәраўанлығы, жаӊа реформалар жетискенлигин тәмийинлейди.
Жолмурза ХОЖАНОВ
Районлық айрықша жағдайлар бөлими
баслығының орынбасары, майор