Siyosat Киши көлемдеги кемелерден қәўипсиз пайдаланайық!

Киши көлемдеги кемелерден қәўипсиз пайдаланайық!

21
Киши көлемдеги кемелерден қәўипсиз пайдаланайық!

Киши көлемдеги кемелер-бул тийкарғы двигателлериниң қуўатлылығы 55 кБт (75 ат күши) ҳәм 12 адамнан көп болмаған жолаўшыға мөлшерленген өзи жүретуғын кемелер, моторлы кемелер, суў мотоцикллары, қатамаранлар, жүк көтериў қәбилети 80 тоннадан артық болмаған өзи жүретуғын кемелер, желкенли яки ескекли ҳәм ҳаўа басымы менен толтырылған моторсыз кемелер болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 2-август күнги «Киши көлемли кемелерден қәўипсиз пайдаланыўды тәмийинлеў ис илажлары ҳаққында»ғы 484-санлы қарары тийкарында киши көлемли кемелерди дизимнен ҳәм  техникалық көриктен өткериў қағыйдалары тастыйықланған.

Усы тийкарда физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен киши көлемли кемелер сатып алынғанда техник ҳалатына қарамастан дизимнен өткериў ушын тийисли аймақлық Айрықша жағдайлар басқармасына 30 күн ишинде мүрәжат етилиўи белгиленген.

Кемени дизимнен өткериўди Айриқша жағдайлар министрлигиниң «Киши көлемли кемелер» мәлимлеме дизими арқалы әмелге асырыў мүмкин. 

Арза бир күн ишинде көрип шығылады. Соң киши көлемли кеме дәслепки техникалық көриктен өткериледи ҳәм кеме билети ҳүжжетлестириледи.

Кемени дизимнен өткериў ушин төмендеги төлемлер өндириледи:

Моторлы киши көлемли кемелерди дизимнен өткериў базалиқ есаплаў муғдарының 20 пайызы;
Моторсыз киши көлемли кемени дизимнен өткериў базалиқ есаплаў муғдарының 10 пайызы;
Кеме билети дубликатын бериў базалық есаплаў муғдарының 10 пайызын қурайды.

 

Тахтакөпир районы Айрықша жағдайлар бөлими