Siyosat КОРРУПЦИЯ МӘМЛЕКЕТКЕ ДЕ, ЖӘМИЙЕТКЕ ДЕ ЗЫЯН КЕЛТИРЕДИ

КОРРУПЦИЯ МӘМЛЕКЕТКЕ ДЕ, ЖӘМИЙЕТКЕ ДЕ ЗЫЯН КЕЛТИРЕДИ

6
КОРРУПЦИЯ  МӘМЛЕКЕТКЕ ДЕ, ЖӘМИЙЕТКЕ ДЕ ЗЫЯН  КЕЛТИРЕДИ

– «Атап айтқанда, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәр бир сап ҳүжданлы инсанның, демократиялық жәмийеттиң  ҳәм мәмлекеттиң муқаддес миннети»-деген еди, Президентимиз Шавкат Мирзиёев.

Коррупция-өз ҳәмели яки хызмет лаўазымынан жеке мәпин ямаса өзгелердиң мәплерин гөзлеп, материаллық ямаса материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамсыз рәўиште пайдаланыўы, тап соның менен бирге бундай мәпти нызамсыз рәўиште усыныўына айтылады.
Коррупция-түрли ҳәре-кетлерди өз ишине алыўшы өзине тән механизмге ийе жынаят. 
Бунда бир тәреп-корруп-ционер, яғный хызметте болған шахс нызамсыз түрде өз ўәкиллик ҳәм ўазыйпаларын физикалық ҳәм юридикалық шахсларға “сатады”.
Екинши тәреп-корруптер, яғный “сатып алыўшы” өз мақ-сети (мысал ушын, жеңилликке ийе болыў, жәмийетлик қадағалаўдан яки нызамда белгиленген жуўапкершиликтен азат болыў) жолында коррупцио-нер усыныс еткен имканияттан пайдаланады. 
Олардың артында болса коррупцияны шөлкемлестириўши шахс-коррупатор турады.
Коррупцияның әҳмийетли спецификалық қәсийети-коррупциялық қылмыслар субъектлериниң өзине тән өзгешеликлеринен ибарат. Яғный, қылмыстың  бир тәрепинде лаўазымлы ҳәмелдарлар яки басқа хызметшилер, екинши тәрепинде болса ҳәр қандай физикалық ҳәм юридикалық шахс болыўы мүмкин.
Көплеген алымлардың пикиринше, коррупцияға қарсы гүресиўде коррупциялық мүнәсибетлердиң субъектлерин анықлаў мәселесине илимий жақтан тийкарланған түрде қатнас жасаў керек. 
Мәселен, коррупционер ҳәм корруптерден тысқары орынлаўшылар, шөлкем-лестириўшилер, жәрдемшилер ҳәм қызықтырыўшы шахслар да жынаят субъекти болыўы мүмкин.
Коррупционерлердиң шахсы ҳаққындағы мағлыўматлар анық жағдай бойынша коррупциялық байланыслар себебин анықлаў имканиятын береди. Изертлеўшилердиң пикиринше, инсанды ҳәр қандай ҳәрекетке жетелеўши оның социаллық жағдайынан келип шығатуғын себеплерге байланыслы болыўы да мүмкин. Лаўазымлы шахслардың әдилсизлиги, мәнаўий бузықлық ҳәм сатқынлыққа мейиллик коррупциялық жынаятлардың белгиси болып есапланады. 

 (Даўамы. Басы 1-бетте) 

Коррупционердиң әпиўайы жынаятшыдан, әпиўайы урыдан қандай парқы бар? Бириншиден, оның билимлери бар, екиншиден, ол белгили бир ўәкилликке, лаўазымға ийе. Бул болса жынаяттың социаллық қәўпин және де күшейттиреди.

Коррупционердиң және бир қәсийети-екижүзлилик. Яғный, оған мәмлекет ҳәм жәмийет исеним билдириўи ушын өзиниң барлық унамлы тәреплерин көрсете алады, тәртипли, билимли, ҳадал шахс ролин атқарып береди.

Коррупциялық жынаятлар субъектлери протекционизм (лат:protectio паналаў, қәўендерлик етиў) яғный, өз ағайин-туўысқанын ҳәм таныс-билислерин, адамларды басқарыўға қәбилети жоқ шахс-ларды мәмлекетлик басқарыў ҳәкимияты системасына киргизеди. Олар болса өз кемшиликлерин  хызметкерлерге салыстырғанда қопал ҳәм менсинбей, қарсы мүнәсибет билдириў менен жабыўға ҳәрекет етеди. Бул болса мәмлекетлик басқарыўдан тысқары жәмийеттеги қарым-қатнасты буза баслайды. Мәмлекет дүзилисинде ислеген ҳәм көплеп коррупциялық жағдайлардың гүўасы болған ҳадал ҳәм ҳүжданлы хызметкерлердиң пикиринше, көпшилик бундай жынаят жүз берип атырғанлығын билген яки гүман еткен болса-да, ўәкилликли уйымларға хабар бермейди.

Буның бир қатар себеплери бар:

1) әдетте коррупциялық жынаяттың белгилери көринеди, бирақ қылмыс жынаятқа тартама, жоқпа, анық болмайды;

2) көплеген гүўалар өз жумысынан айырылып қалыўдан яки  «қуўдалаў»дан қорқады, әсиресе хызмет бойынша жынаятшыға бойсынатуғын болса;

3) көпшилик жумыс орынларында нызамбузыўшылық жағдайлары ҳаққында басқаларға мағлыўматты жеткериў «сатқынлық» екенлигине исенеди;

4) айырым хызметкерлер яки пуқаралар сол мекеме яки шөлкемдеги жағдай бир күни болмаса бир күни «партлаўын» күтип турады, бул бойынша  гүманларын айтыўға асықпайды.

Коррупциядан мәмлекет те, жәмийет те үлкен зыян көреди. Лекин оның ең өкинишли қурбаны ҳәмелдарлардың таныс-билиси, туўған-туўысқаны болмаған әпиўайы халық есапланады.

Коррупция қандай ақыбетлерге алып келиўи мүмкин?

Коррупция мәмлекеттиң конституциялық тийкарларын жемиреди, пуқаралардың ҳуқықы ҳәм еркинликлериниң бузылыўына алып келеди.

Буннан басқа:

-мәмлекет экономикасына үлкен зыян келтиреди;

-ҳадал мийнет пенен күн кеширип атырған адамларға мәнаўий зыян жеткереди;

-халық ҳәм мәмлекет уйымлары ортасында исенимсизликти пайда етеди;

-халықтың уқыплы, билимли бөлеги(илимли, илим-пән бойынша  көзге түскен белгили ўәкиллери, жетик медицина хызметкерлери ҳ.т.б) мәмлекеттен шығып кетеди;

-салық, бажыхана, қаржы ҳәм басқа усы киби әҳмийетли тараўлардағы коррупция мәмлекет экономикасының раўажланыўына кери тәсир көрсетип, белгили бир топардағы шахслардың нызамсыз байыўына алып келеди.

Криминолог алымлар ҳәм қәнийгелердиң пикиринше, топланған тәжирийбе тийкарында республикамызда коррупцияға қарсы төмендеги ис-илажларды әмелге асырыў мақсетке муўапық:

1.Ҳуқықый дөретиўшилик тараўында:

-усы күнге шекем қабыл етилген ҳәм әмелде болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди коррупцияға қарсы экспертизадан өткерилиўин тәмийинлеў;

-нызамшылықтың ҳәр бир тараўында коррупцияның алдын алыў бойынша тийисли өзгерис ҳәм косымшалар киргизиў;

-Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик пуқаралық хызмет ҳаққында»ғы ӨРН-788-санлы 64 статьядан ибарат Нызамы, Өзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасы тәрепинен 2022-жыл 2-март күни қабыл етилген, Өзбекстан Республикасы Сенаты тәрепинен 2022-жыл 28-май күни мақулланған ҳәм Өзбекстан Республикасы  Президенти тәрепинен 2022-жыл 8-август күни қол қойылған.  

2) Усы «Мәмлекетлик пуқаралық хызмет ҳаққында»ғы Нызамда:

-қарар қабыл етиў мәселелери бойынша анық жуўапкерлерди белгилеў;

-лаўазымлы хызмет искерлигин ҳуқықый жақтан анық ҳәм қатаң белгилеп қойыў;

-мийнет ҳәм лаўазымларға ылайық ис ҳақы бериў;

-кадрларды таңлаў ҳәм лаўазымын асырыўдың анық  нормаларын жәрия етиў;

-мәмлекетлик хызметшилер  ҳәм лаўазымлы шахслардың дәрамат ҳәм қәрежетлерин қадағалаў системасы жолға қойылған.

3) Коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин асырыў тараўында Өзбекстан Республикасының 2017-жыл 3-январь күнги 34 статьядан ибарат «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы ӨРН-419-санлы Нызамында:

-коррупцияға қарсы гүрес алып баратуғын шахслардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге;

-ҳуқықты қорғаўшы уйым-лар менен бирге ислесиўди жетилистириўге;

-коррупциялық жынаятшылық орайына айланған орынларды толық тазалаўға;

-тараўда ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийети институтларына кең жол ашып  берилген.

Жуўмақлап айтқанда, коррупцияға қарсы  ҳәр тәреплеме шын пидайылық пенен гүрес алып барылса, нызамшылықтағы «бослық»ларға шек қойылса, бул иллеттен қутылыўымыз мүмкин.

Мағлыўматлар «HUQUQ VA BURCH» социаллық-ҳуқықый журналынан алынды

Таярлаған: 

Қ. МАМБЕТНАЗАРОВ

Район ҳәкимлигиниң бас юрисконсульты