Ma'daniyat Мәмлекетлик хызметлер агентлигине 4 жыл

Мәмлекетлик хызметлер агентлигине 4 жыл

0
Мәмлекетлик хызметлер агентлигине 4 жыл

 

Районлық Мәмлекетлик хызметлер орайының шөлкемлестирилгенлигине 4 жыл толыў мүнәсибети менен орайдың гезектеги жумыс күни байрам кейпияты менен басланды. Байрам мүнәсибети менен электрон нәўбет қурылмасы арқалы хызметтен пайдаланыўға келген пуқаралар нәўбет номерлерине қойылған саўғалар менен сыйлықланып, өзгеше кейпият усынылды. Сондай-ақ, улыўма билим бериў мектеплериниң жоқарғы класс оқыўшыларына орайда "Ашық есиклер" күни шөлкемлестирилип, интерактив жеке хызметлерден пайдаланыў бойынша түсиник берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети