Ma'daniyat «Камалак жулдызлары» балалар дөретиўшилик фестивалының жеңимпазлары сыйлықланды.

«Камалак жулдызлары» балалар дөретиўшилик фестивалының жеңимпазлары сыйлықланды.

0
«Камалак жулдызлары» балалар дөретиўшилик фестивалының жеңимпазлары сыйлықланды.

2021-жыл 30-ноябрь күни Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен биргеликте  «Камалак жулдызлары» балалар дөретиўшилик фестивалының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди. Фестивал жуўмағында  улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшылары өнерментшилик ҳәм кестешилик, топар ҳәм жеке аяқ ойыны, сондай-ақ бақсышылық жөнелислери бойынша сыйлы биринши ҳәм екинши орынларды жеңип алыўға еристи. Жеңимпаз болған жасларымыз  Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов тәрепинен ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети