Ma'daniyat Ҳәптеликке үлкен таярлықлар менен

Ҳәптеликке үлкен таярлықлар менен

0
Ҳәптеликке үлкен таярлықлар менен

 

Ҳәр жылы елимизде 16-ноябрь «Халықаралық кеңпейиллик күни» байрам сыпатында белгиленеди. Усы мүнәсибет пенен республикамызда  «Кеңпейиллик ҳәптелиги» өткерилди. Елимиздиң пәраўанлығын, беккем татыўлығын тәмийинлеўде миллетлер аралық дослық үлкен әҳмийетке ийе. Мәмлекетимизде 130дан аслам ҳәр түрли миллет ўәкиллери беккем аўызбиршиликте жасап келмекте.
"Кеңпейиллик ҳәптелиги"не  районда үш тилде билим беретуғын 2-санлы орта мектеп жәмәәти де үлкен таярлықлар менен қатнасты. Ҳәр түрли миллет ўәкиллериниң дәстүрлери, миллий тағамлары, кийим-кеншеклерин үйренип ҳәм сахнаға алып шықты. Ҳәптелик оқыўшылардың мийнети менен мазмунлы жуўмақланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети