Siyosat БАЛАНЫ ПЕРЗЕНТЛИККЕ АЛЫЎ ТӘРТИБИ

БАЛАНЫ ПЕРЗЕНТЛИККЕ АЛЫЎ ТӘРТИБИ

0
БАЛАНЫ ПЕРЗЕНТЛИККЕ АЛЫЎ ТӘРТИБИ

Миллий нызамшылығымызда жәрия етилген перзентликке алыў институтынан пайдаланылған ҳалында 2017-жылы 4 мыӊ бала суд тәртибинде перзентликке алынған. 2018-жылы бул кѳрсеткиш 4,1 мыӊды, 2019-жылда 4,3 мыӊды қураған. Ҳәзир перзентликке алыў нийетинде нәўбетте турғанлардыӊ саны перзентликке алынғанларға қарағанда жоқары кѳрсеткиште қалмақта. Ақыбетте нызамсыз жоллар менен перзент асырап алыў, сондай-ақ, бала саўдасы менен байланыслы жағдайлар ушыраспақта.
Мысал ушын YouTube социаллық тармағында 6-октябрь күнги Ташкент қаласында ѳз баласын 9 мыӊ АҚШ долларға сатқан ҳаялды қолға алыў жағдайлары көрсетилди.
Сол себепли, «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға қаратылған мәмлекетлик дәстүринде перзентликке алыў әмелиятын үйрениў ҳәм бул бойынша ҳуқықый тийкарларды қайта кѳрип шығыў белгиленген еди.
Перзентликке алыў бойынша алып барылған ислер нәтийжелилиги ҳәм нызамшылықта бар болған тәртип-қағыйдалар менен байланыслы бослықлардың алдын алыў мақсетинде «Перзентликке алыў тәртибиниӊ хуқықый тийкарларының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам хүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы ислеп шығылды.
Усы нызам менен Шаӊарақ кодекси ҳәм «Қәўендерлик ҳәм қайырқомлық ҳаққында»ғы нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.
Буннан былай, нызам менен жәмийетлик қәўпи үлкен болмаған, онша аўыр болмаған ҳәм перзентликке алыўға тосқынлық етпейтуғын жынаят түрлерин ислеп, жаза мүддетин өтегенлерге перзентликке ҳәм қәўендерликке алыў имканияты жаратылмақта.
Нызамшылықтыӊ, яғный Шаӊарақ кодексиниӊ 152-статьясында Перзентликке алыўға мүмкин болған шахслар көрсетилген.
Ер жеткен ер адам ямаса ҳаял пуқаралар перзентликке алыўшылар болыўы мүмкин, тѳмендеги шахслар, буннан тысқары яғный, ата-аналық ҳуқықынан айырылғанлар ямаса ата-аналық ҳуқықы шекленгенлер, нызам менен белгиленген тәртипте ҳәрекетке уқыпсыз деп табылғанлар, руўхый кеселликлери ямаса наркология мекемелеринде дизимде турыўшылар, сондай-ақ, Кодекстиң 169-статьясыныӊ биринши бѳлиминде кѳрсетилген тийкарлар бойынша перзентликке алғанлығы бийкар етилгенлер бурынғы перзентликке алыўшылар.
Сондай-ақ, қастан ислеген жынаятлары ушын алдын ҳүким етилгенлер, перзентликке алыўшы перзентликке алыныўшылар жасынан парқы он бес жастан кем болмаўы шәрт, (өгей әке ҳәм өгей ана тәрепинен перзентликке алыў жағдайлары булардан тысқары).
Балалардыӊ еӊ баслы мәплерин есапқа алған ҳалда перзентликке алыўға қарсылық ететуғын кеселликлерге шалынған шахслар дизими Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланыўы белгиленген.
Нызам, алды менен жәмийетимиздеги бар болған талап ҳәм зәрүрликтен келип шығып таярланған ҳәм инсаныйлық тәрептен тийисли социаллық руўхый әҳмийетке ийе.
Улыўма алғанда, усы Нызамныӊ қабыл етилиўи менен балалар ҳуқықларыныӊ қорғалыўы толық тәмийинлеўи ҳәм балаларды нызамға қайшы перзентликке алыў, әсиресе бала саўдасыныӊ алдын алыўға ерисиледи.
Сондай-ақ, Жынаят кодексиниӊ 125-статьясында Перзентликке алыў сырын әшкар еткенлиги ушын жуўапкершилик белгиленгенлиги ҳаққында кѳрсетип ѳтилген.

Полат Халмуратов
Район прокуроры