Siyosat Pайонлық Кеңесиниң гезектеги сессиясы болып өтти

Pайонлық Кеңесиниң гезектеги сессиясы болып өтти

0
Pайонлық Кеңесиниң гезектеги сессиясы болып өтти

Бүгин 7-май күни Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң жигирма сегизинши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде:

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында 2021-жыл 8-апрель сəнесиндеги “Аймақларда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм де 2021-жыл бәнтлик бағдарламасының орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққындағы” 19-санлы жыйналыс баянламасының 10-бәнтине тийкарланып "Мәҳәллебай" ислеў системасы арқалы анықланған "өсиў ноқатлары"нан келип шығып, ҳәр бир мәҳәллениң раўажланыў бағдарламасы "Жол картасы"н тастыйықлаў ҳаққында; 

"Жаслар дәптери"н жүргизиў арқалы жаслар машқалаларын шешиў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бойынша ўақтыншалық тәртиби, "Жаслар дәптери"нен жасларды шығарыў, жасларды кәсипке оқытыўды шөлкемлестириў ҳаққында;

"Сақаўат ҳәм көмек" қорының районлық бөлими есабынан қаржы ажыратыў ҳаққында;

 Тахтакөпир районы аймағындағы айырым фермер хожалықларының жер майданларын район ҳәкимияты жер фондына қайтарып алыў, фермер хожалықларына район ҳәкимияты жер фондынан қосымша жер майданларын ажыратып бериў және фермер хожалықларын шөлкемлестириў ҳаққында; 

шөлкемлестириў мəселелери көрип шығылды. 

Күн тəртибинде қаралған мəселелер бойынша Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң шешимлери қабыл етилди.

Тахтакөпир районы ҳəкимлиги Мəлимлеме хызмети