Siyosat Баспасөз конференциясы өткерилди

Баспасөз конференциясы өткерилди

0
Баспасөз конференциясы өткерилди

Район ҳәкимлигиниң киши мәжилислер залында "Темир дәптер"ге киргизилген ҳаял-қызларды социаллық-ҳуқықый, психологиялық қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, оларды жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке бағдарлаўда билим ҳәм кәсип-өнер үйретиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған баспасөз конференциясы өткерилди. 
Онда район ҳәкиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары, орынлардағы пуқаралар жыйыны баслықларының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасарлары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
А.Аллиярова әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша есап берди. Үйрениўлер тийкарында районда 830 ҳаял-қызлар "Ҳаяллар дәптери"не енгизилген. Олардың 618и жумыссыз. Нәгиранлығы бар, бағыўшысын жоғалтқан, жумыссыз ҳаял-қызларды кәсипке таярлаўда оқытыў ислери алып барылған. Конференцияда журналистлер тәрепинен берилген сораўларға жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети