Siyosat Қозылатыў мапазына бағышланды

Қозылатыў мапазына бағышланды

0
Қозылатыў мапазына бағышланды

Бүгинги күнде Президентимиздиң басшылығында барлық тараўлар сыяқлы аўыл хожалығының жетекши тармағы болған шарўашылықты раўажландырыўға, оның экономикадағы үлесин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районындағы қаракөлшилик илимий нәсилшилик тәжирийбе станциясында қозылатыў мәўсимине таярлық ҳәм оны үлги етип көрсетиўге арналған  илимий-әмелий семинар болып өтти. Онда район ҳәкими Ж.Адилов, республикалық "Қаракөлшилик" аўқамы баслығының орынбасары Н.А.Бобоқулов, Қарақалпақстан республикасы пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти раўажландырыў аймақлық басқармасының баслығы А.Жарасбаев   Қарақалпақстан Республикасы "Қаракөл" аўқамы баслығы  А.Утемуратов, тараўға тийисли кластерлердиң , фермер хожалықлары баслықлары, бонитерлар, жоқары билим бериў шөлкемлери директорлары, оқытыўшылары менен студентлер қатнасты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети