Жеңимпазлар анықланды
1367
0
Алдын хабар бергенимиздей, "Ниҳол" республикалық таңлаўының районлық басқышы районлық мәденият бөлими тәрепинен алып барылды. Саралаў 17-санлы балалар музыка хәм көркем өнер мектеби залында болып өтти.Таңлаўда музыка атқарыўшылығы жөнелиси бойынша. Д.Еримбетов, аяқ ойын жөнелиси бойынша М.Бердибекова, халық дөретиўшилиги жөнелиси бойынша Р.Сайымбетовлар жеңимпаз деп табылып, республикалық басқышқа жоллама алды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети