Siyosat Мийнет ярмаркасы өткерилди

Мийнет ярмаркасы өткерилди

0
Мийнет ярмаркасы өткерилди

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими менен районлық халық бәнтлигине көмеклесиў орайы биргеликте мийнет ярмаркасын шөлкемлестирди. Бос жумыс орынлары ҳәм вакант лаўазымлар ярмаркасына район аймағындағы жумыссыз пуқараларды бос жумыс орынлары менен таныстырыў,   исбилерменликти баслаўшы жасларды қоллап-қуўатлаў, пуқаралардың өз қәнигелиги бойынша жумыс пенен тәмийинлениўине көмеклесиў - өткерилген мийнет ярмаркасының мақсети болды. Мийнет ярмаркасына 21 мәкеме, шөлкемлер 86 бос жумыс орынлары және вакант лаўазымлары менен қатнасты. Мийнет ярмаркасында мәўсимлик жумысларлың басланыў алдында турғаны және  кәсипке бағдарлаўда жаңа оқыў курсларының ашылып атырғаны, оларды питкерип шыққаннан соң шет еллерде жумыс пенен тәмийинлениўдеги мүмкиншиликлери ҳаққында қатнасыўшыларға түсиниклер берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети