Siyosat Уя соғып, орын аламыз!

Уя соғып, орын аламыз!

0
Уя соғып, орын аламыз!

Белтаў аўылы гөззал тәбиятқа бай елат. Бөршиниң таўы, Қаратерең көли, саяманлы тереклер. Усындай гөззаллық жәмленген жерде Өзбекстан Республикасы экология партиясының Қарақалпақстан Республикасы партия Кеңеси  тәрепинен әжайып акция жәрияланды. "Достым, бәҳәр келди, таярлан! Уя соғып, орын ал!" деп аталған акцияны аўыл халқы, әсиресе қуслардың ең жақын дослары болған кишкенелер бириншилерден болып қоллап-қуўатлап, жәрдемге жетип келди. Және бир қоллаўшылар - булар "Абат аўыл" бағдарламасы тийкарында жәрдемде болып атырған айрықша жағдайлар басқармасы әскерий хызметкерлери.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети