Siyosat Аўыл ҳаяллары арасында

Аўыл ҳаяллары арасында

0
Аўыл ҳаяллары арасында

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап- қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Марьям Ахмедова  район ҳәкиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Айсанем Аллиярова менен биргеликте “Абад мәҳәлле” ҳәм аўыр шараяттағы мәҳәллелер дизимине алынған Белтаў аўыл ҳәм Маржанкөл мәкан пуқаралар жыйынларында болды. Белтаў аўылындағы “Ҳаяллар дәптери"не киргизилген 21 ҳаял-қыздың шаңарақлары менен танысты.

Маржанкөл мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Ҳаяллар дәптери"нде” дизимге алынған ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў, исбилерменликти баслаў, ҳаял-қызларға берилип атырған жеңиллетилген кредитлар бойынша түсиник берилди.
Кәсипке оқыўды қәлеўши 10 ҳаял-қыз районлық бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен оқытылып, сертификатлар тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети