Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатыныӊ орынланыўы барысында
Алып барылып атырған жумысларды үйрениў ҳәм машқалаларды шешиў мақсетинде республика исши топары Тахтакөпир районында болып, жаслар менен ушырасты.
Ушырасыўға Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Ш.Раҳимов, Қарақалпақстан Республикасы экономиканы раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў министриниӊ биринши орынбасары А.Шамуратов, Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнигеси У.Хожамуратов, сектор баслықлары, ҳәким орынбасарлары, тийисли кәрхана, шөлкем ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары баслықлары, жаслар жетекшилери менен жаслар қатнасты.
Ушырасыўда 19 мүрәжат көрип шығылып, 2 мүрәжат бойынша түсиник берилди, 5 мүрәжат сол жердиӊ өзинде шешилди. Ал 12 мүрәжат бойынша тийисли шөлкемлерге тапсырмалар берилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети